Профессор-оқытыўшылар, магистрантлар ҳәм студентлер дыққатына!
Математика факультети Алгоритмлестириў ҳәм программаластырыў технологиялары кафедрасы шет ел жоқары оқыў орынлары менен илимий ҳәм билимлендириў тараўында бирге ислесиўди еле де раўажландырыў, оқыў процесине халық аралық тәлим стандартларына тийкарланған жаңа педагогикалық технологиялар, оқыў бағдарламалары ҳәм оқыў-методикалық материалларды енгизиў мақсетинде студент жаслар ушын мастер-класслар шөлкемлестириў, профессор-оқытыўшылардың билимин жетилистириў ушын шет ел жоқары оқыў орынларынан жетерли маманлыққа ийе болған қәниге ҳәм алымлар менен биргеликте онлайн-тренинглер өткериўди жолға қойып атыр.
Усы мақсетте, 2021-жыл 24-май күни саат 14:00 де магистрант ҳәм студент жасларды Францияның Бордо университети оқытыўшысы, Информатика илимлери докторы (Docteur en Informatique) С. К. Медетовтың "IoT (Internet of Things) объектлер арасында байланыс орнатыў" темасында өткерилетуғын онлайн сабағына мирəт етемиз.
Конференция идентификаторы: 823 3409 4520
Кириў коды: QMU_2k
Басланыў ўақты: 24-май, саат 14:00